⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАНЫҚ I

Қарақалпақша

ф. 1. Биреўди умытып қалмай еске түсириў, таныс екенин бирден билиў, бурыннан таныс болыў. Гүлпаршын Алпамыс екенин бирден таныды («Алпамыс»). Әжинияз екеўин де таныды (К.Султанов). 2. Бир затты ажырата билиў, сезиў, байқаў. Лизаның кийими екенин көриўден-ақ таный кетти (Ж.Аймурзаев). Адамды бир көргеннен-ақ таныўға болады (М.Нызанов). Мен мектеп сабакдықларында украин шайыры Тарас Шевченконың Арал бойына сүргин қылынғаны, лекин, ол сүргинде теңиз бойында жасап, сол әтираптағы халықлар менен досласқаны, қарақалпақлар оны тутқын емес, бир қәдирдан дос сыпатында танығаны хаққында көп еситкенмен (М.Нызанов). 0 Оңы менен солын таныў, оң қолы менен сол қолын таныў — еси-ақылы кириў, жақсы-жаманды айыратуғын болыў. Естен таныў — ақылынан адасыў, еси аўып қалыў.