⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАРЫЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. Белгили бир кенисликтиң, кийимниң, заттың киширейиўи, тарайыўы. Қурысын бул дүнья заман тарылды, Ғәплеттен ғой жүрегимиз тарылды (Омар). Адамсыз адам жасар ма, Жалғызға дүнья тарылып (И.Юсупов). 0 Тынысы тарылыў — ысылыў, ентигиў, демигиў. Аўыр дәрт жүрегин кернеп, өкпесин исирди ме, Әйтеўир, тынысы тарылғандай сийрек хәм терең демин алады (К.Султанов). Териси тарылыў — пейили қашыў, нийети бузылыў. Заманы тарылыў — өриси кемейиў, қыйыншылық болыў. Бул дүнья курысын заман тарылды, Зардабынан қара жер қақ жарылды (Әжинияз). Пейили тарылыў — пейили қашыў, бузылыў.