ТАРҚАТЫЎ
Қарақалпақша
тарқаў фейилиниң өзгелик дәрежеси.
ф. 1. Жыйналған адамды қайтарыў, таратыў.
Бул ойын Серкебайға айтқысы келип еди, хәзир хәммени тарқатып жибергенин еситкен соң пикиринен қайтты (Т.Қайыпберғенов).
Оны он бес районға тарқатыўым керек (М.Нызанов).
2. Жипти ямаса тоқылған затты ыдыратыў, сөтиў, жазып жибериў.
Өрилген-шашларын тарқатты (Ж.Аймурзаев).
3. Жанлы-жаныўарларды таратыў.
4. Улыўма барлық затларды дағытыў.
Қалған он үш себетти тарқатыўға жигирма алты адам жол машынға шығып кеттик (М.Нызанов).
Лекин, диктордың тарқатқан хабары төбемнен муздай суў куйғандай етти (М.Нызанов).