ТАС
Қарақалпақша
ат. 1. Таўдың үлкен хәм майда қатты жынысы, соның бөлшеклери.
Таўда болар тарғыл тас, тарысса шығар көзден жас (ққ.поэз.ант.).
Ал, ортада болса гидңиман, келисиксиз формадағы, мен атларын билмейтуғын катты таслар жатыр (М.Нызанов).
2. Зергерлик буйымларға салынатуғын бақалы кымбат, тас.
3. Адам денесинде (бүйрек, өт қалта, баўыр) зат алмасыўынан пайда болатуғын түйир зат.
Тас жалғыз бүйректе емес, өт қабында да, баўырда да ушырасады (Е.Оразақов).
4. аўыс. Аўыр, зилдей.
5. аўыс. Қатал, жаўыз.
Ол бир жүрген тас минез адам екен (Аўызеки).
0 Шар тас — пышақ, балта хәм соған усағанлардың жүзин егейтуғын тастың бир түри.
Көк тас — тастың көк түри.
Шақмақ тас — от тутандыратуғын тас.
Шағыл тас — қурылыста қолланатуғын майда тас.
Сыйқақ тас — жылтыр тас.
Үлкен тас — тастың ириси.
Қумалақ тас — тастың майда домалақ түри.
Дигирман тас — а) дән тартыўға арналған тас.
б) дигирман ислеўге қолайлы жалпақ тас.
Тас атыў — душпаншылық ислэў.
Тас түнек — оғада, дым қараңғы.
Тас баўыр — мийримсиз, жаўыз.
Тас баўыр хан еситсе ошағымыздың күлин суўырады (Т.Қайыпбергенов).
Тас болыў — үндемеў.
Тас қылыў — а) мыкдаў, беккемлеў; б) табжылтпаў.
Тас жүрек — мийримсиз.
Ол тас жүрек жалғыз улын сойып жемекши болған (ққ.х.е).
Тасын қалаў — тийкарын салыў.
П резидентимиз бул станцияға тырнақ тасын қалаў мәресиминде Қарақалпақстанда әмелдеғи бес жыллықга қуўаты дерлик 1800 МВт болған 3 самал электр станциясы иске түсирилиўи, 2026 жылға барып мәмлекетимиз көлеминде 4000 МВт электр энергиясы ислеп шығаратуғын станциялар курылысын ескертип өтти («Ел хызметинде»).
Тастай батып, суўдай сиңиў — үйренисиў.
Тастай батып, суўдай сиңиў деген даналық сөз қызбалаға ғана айтылмаған (М.Текесбаева).
Тасынды тер — кет, және.
Тас-талқан болыў — қыйралыў, жок болыў.
Тас-талқан етиў — қыйратыў, жоқ етиў.
Нарбай сизлердиң планларыңыздың барлығын тас-талқан етежақ болды (Х.Сейтов).
Тас-тастан қалыў — бир қәўипли нәрседен зорға кутылыў, зордан аман қалыў.
Япырмай бала тас-тастан қалған екенсең, сен бахытлы адамсаң (Ә.Шамуратов).
Тас түссе талайынан — маңдайға жазылған болады.
Тил көзим тасқа — тилим тиймесин, бәледен аман болсын деген мәниде.
Тил көзим тасқа усы келиним саў болса, биз еле шаўлығымыздын нанын жеймиз (Ә.Әлишев).
Тас герең — хеш нәрсени еситпейтуғын адам.
Тас төбе — туўра дәл төбе.
Тас төбесине шоқмар менен қойып қалды (ққ.х.е.).
Тас етиў — бекитиў, беккемлеў, шешилместей етип байлаў, бәнт етиў, жол қоймаў.
Тас кекил — томпақ бужырланған қатты кекил.
Тас дәўири — адамзат мәдениятының раўажланыўының ең узақ, әййемги тас қураллар жасалған ўақыттан мыс дәўирине дейин созылған тарийхый-мәдений дәўир.
Тас дәўири үш дәўирге палеолит, мезолит ҳәм неолит болып бөлинеди.
Тасборан етиў — мусылманшылықта неке заңын бузған хаялларға, қыянеткер инсанларға қолланылатуғын жаза.
Тасборан етер өлгенше халқың, Жерменликтиң де есап-китабы бар (А.Дәрменов).