⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАҚАТ

Қарақалпақша

ат. Шыдам, сабыр, төзим. Мүбәрек жамалын және көрсем деп, Тақатым қалмады көргеннен бери (Әжинияз). Күтти, күтти, шыдамады тақаты (Х.Сейтов). 0 Тақаты болмаў — шыдамы болмаў, шыдамаў. Ақыллас сырласым әй гөззал ярым! Сени көрмегенше тақатым болмас (Х.Сейтов). Тақат етиў — шыдам бериў, шыдаў. Тақат етип тура алмадым. Кисенди үзип бара алмадым (Бердақ). Шайық ҳеш жерде турып, я отырып тақат ете алмай, аўылдың арқасындағы кең жазықлыққа шығып дем алыўға ҳәм жекке жүрип жол қараўға кетип баратырып Аманлықтың үйиниң үстинен өтти (Т.Қайыпбергенов). Тақаты қалмаў — шыдамы болмаў, шыдамаў. Байда енди тақат қалмады (Ш.Сейтов).