⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕЗ I

Қарақалпақша

р. Жылдам, дәрриў, шаққан. Гүлайша тез оқып өтти де, Ербайға усынды (Т.Қайыпбергенов). Суўықта тоңып турған шығар, бар Дәўлет тез ашып кел. Дәўлеттиң барыўынан қайтыўы тез болды (М.Нызанов). 0 Тез болдырыў — әдемей шаршаў, ҳарыў. Албыраған тез болдырар, Қайғыдан жүзин солдырар, Аўзындағысын алдырар (С.Мәжитов). Тез ержетиў — бой жетиў, қамалға келиў. Тез ержетип қамалыма, Салсаң бир нәзер халыма (А.Дабылов). Тез жәрдем — бахытсыз ҳәдисәлер ҳәм тосаттан пайда болған кеселликлерди көриўге арналған, күни-түни хызмет атқаратуғын медициналық жәрдем көрсетиўдиң түри. Арасында ана емлеўханадан мына емлеўханаға медикамент апарыў, районлардағы қатты болып қалған наўқасларға «тез жәрдем» хызметин көрсетиў, қулласы, универсаль көлик болды. Бул жерде Нөкистегидей «тез жәрдем» тез-тез сирена сигналларын жағып кирип-шыға бермес екен (М.Нызанов). Тез пейил — сәл нәрсеге ашыўлана бериў.