ТЕМИР
Қарақалпақша
ат. 1. Химиялық элемент, гүмис түсли, салмақты металл, шойын менен полаттың тийкарғы бөлеги.
Темир менен тастың айырмасы бар дегендей жетим менен жетимлердиң де айырмасы бар екен (Ж.Аймурзаев).
Ертеде усталар ең қатты тасларды сайлап алып, ол таслардың қурамында темир, титан сыяқлы қатты металлар да болған, оларды еки мың-еки ярым мың градуста қыздырған (М.Нызанов).
2. Сол металлдан иеленген түрли зат, буйым.
Анаў, шоқмар, қанжар, найза жарағы, Мынаў турған ушлы темир таяғы (Ш.Артық).
Ылай тасыйтуғын, темирден иеленген зәмберимиз бар, кеминде сексен-тоқсан кило ылай сыяды (М.Нызанов).
0 Темирден түйин түйиў — уста, өнерли, шебер.
Темирди қызғанда бас — ҳәр нәрсени өз ўақытында исле деген мәнини андатады.
Темир тәртип — қатаң тәртип, реже.