⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕР I

Қарақалпақша

ат. 1. Денедеги айырым безлер арқалы шығатуғын суўық зат, суў. Ыссыда тер төгип еккен паядан, Жыйган пахтаң сая болар, нан болар (И.Юсупов). Баслық адамлардың ийегинен тери сорғаласа да костюмын шешпейтуғын әдети бар дә! (М.Нызанов). 2. аўыс. Адамның мийнети. Бул жерге ата-бабаларымыздың, өзимиздиң мийнетимиз, теримиз сиңген жоқ па? (Ә.Бөкейханов). 0 Ашшы тер — артықша иеленген мийнетке сарыпланған күш. Терлеп-тепшиў — шын терге түсиў, жүдә терлеў. Бала болса терлеп-тепшип, Жемисти алды көзи қыймай (Б.Исмайлов). Қара терге түсиў — а) жумысты ықпас пенен, интасы менен тер шығарып ислэў. Мен оннан сайын қара терге түсип ықласланып оқыйман (Ж.Аймурзаев). б) Қыйынғаннан, қысынғаннан тер шығарыў. Маңлай тер — қадал мийнет. Ол қарақалпақ елин маңлай терин төгип мийнет етиўге, адамға жақсылық қылыў ушын жанын пидә қылыўға, ардын туўын жоқары көтериўге шақырды (С.Мәўленов). Маңлай тери менен табыў — аянбай мийнет етиў, күш-жигерин сарыплаў. Усы күни маңлай терим менен тапқан ҳадал кәсибимди аңсап жүриппен (Ә.Нурпейсов). Ҳарам тер болыў — мийнети босқа кетиў, зая болыў. Тери безлери — адамның денесиндеги тер шығаратуғын безлер. Тер бөлиниў — тердиң тер безлери арқалы адам денесиниң сыртына бөлинип шығыўы. Тер шығарыў — адам терисиниң бет тәрепине орналасқан тер безлериниң тәсиринен пайда болатуғын жағдай. Терин алыў — белгили бир узаклыққа шаўып аттың терин алып баплаў.