⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕҢ II

Қарақалпақша

кел. 1. Бирдей, қатар, барабар, сай. Аўқаттың тең ярымын бизлер бетке салыпты. Ой-бу-ў, пүткил континентти айланып шыққанда оған тең келетин аўқатты таба алмайды хеш ким! (М.Нызанов). 2. Қатар-қурдас, жолдас. Душпанынды қойып доска ерипсең, Теңиң менен аз күн ойнап күлипсең («Қырқ қыз»). 0 Теңи-тайы жоқ — әжайып, жүдә жақсы, айрықша. Тең көриў — өзимсиниў, жатырқамаў. Тең көрмеў — менсинбеў. Тең қурбы — замандас.