ТӘРБИЯ
Қарақалпақша
ат. Адамның жәмийетлик турмыс қәлиплестиретуғын, үйрететуғын минез-қулқы менен үрдиси.
Усы тәрбияны көргеннен кейин өзим де таза жүриўге тырыстым (М.Нызанов).
0 Тәрбиясында болыў — бирэўдиң тәрбиясын көриў.
Тәрбия көрген — әдепли, ийбели.
Тәрбия көрмеген — әдепсиз, қәсийетсиз, жаман.
Тәрбия ошағы — тәлим-тәрбия көрсететуғын орын.
Буннан басқа да илаж даўамында жасларға шаңарақ бул үлкен тәрбия ошағы екенлиги, шаңарақ курыўдың жуўапкершилиги хаккында да түсиник берип өтилди (Интернет мағлыўматы).
Тәрбия сабағы — мектеплерде оқыўшыларға өтилетуғын сабақ.
Оған ҳәр жақтан тымсаллап, керек болса ата-ананың ҳүрмети қаққында рәўиятлар айтып берип тәрбия сабағын өтесең (М.Нызанов).