ТӨБЕ II
Қарақалпақша
ат. 1. Бастың ең үстиндеги бөлеги, үсти.
Бул гәп менин төбеме муз қуйғандай болды (Ә.Шамуратов).
Гә қуўарып, гә бозарып келбет-нишини атып киятырған таңдай қубылып, денеси безгек тийгендей қалтырап ғәзеби атлыққа Сапарға Сәлийманын төбеси жалпыйып шөккен қақырасының хаўасы тарлық еткендей өкпеси исти (К.Султанов).
2. Жайдың жоқарғы жабылған жағы.
Жайдың төбеси ортасына түсти (Т.Қайыпбергенов).
3. Бир заттың ең бийик жери.
Төбеси көкке тийиў — нийетине жетиў, тилеги орынланыў.
Төбеси көкке тийгендей болды (Ө.Хожаниязов).
Төбе шашы тик турыў — азарланыў, үрейи ушыў, ыза болыў.
Тақ қалғаннан төбе шашы тик турды (Б.Исмайлов).
Жүреги тас төбесине шығыў — қатты қорқыў, шоршыў.
Жолбарыстың даўысын еситкенде, жүрегим тас төбеме шықты (ққ.х.е.).
Төбесинен орын бериў — ҳүрметлеў, иззетлеў.
Устаз болған рус шайырларына, Мен төбемнен орын бергим келип тур (А.Дабылов).
Бир төбе — а) бир затты бир неше зат пенен салыстырғанда оның айрықша, артық, жақсы екенлигин көрсетеди.
Әне ер жигитке келген мәртебе, фашистлер бир жоқдур, Өзиң бир төбе (С.Нурымбетов).
б) бөлек, дана.