⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

УШЫҚ

Қарақалпақша

ф. Аспанға, көкке көтерилиў, ҳаўалаў, жоқарылаў. Көк жүзин кәрўан дүзип тырналар ушты (Ж.Аймурзаев). 0 Ушып-қоныў — куўанғаннан тыным таппаў. Ушып-қонып перийзат, Болар исти ойлады («Ер Зийўар»). Оққа ушыў. а) оқ тийип қулаў, жығылыў. б) өлиў, қазаланыў. Ушып турыў — жылдам тез, шаққан турыў. Орнынан ушып турып, жән-жағына қарады (А.Әлиев). Зәрреси ушыў — қорқыў шоршыныў, сескениў. Жылан шаққандай зәрреси ушып кетти (Ө.Хожаниязов). Мурттай ушыў — қулаў, жығылыў. Қаўын қоста мурттай ушып, Аўырды да қысылды дем (И.Юсупов). Көзинен бир-бир ушыў — сағыныў, интизар болыў. Көргенлердиң көзлеринен бир-бир ушып (С.Нурымбетов). Қустай ушыў — тез жүриў, алға умтылыў, тезлигин жоқарылатыў. Машина гүрилдеп, қустай ушып алға жөнелди (С.Хожаниязов).