⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФОРМА

Қарақалпақша

ат. 1. Предметтиң сыртқы көриниси. Қала қорған формасында салынған (Ә.Пахратдинов). Ол бул жүргенинде гражданлық форма кийген, оның қолына көтерген ҳеш нәрсеси де жоқ (Ә.Пахратдинов). 2. Адамның пишини, келбети, сымбаты, сықылы. Адамның тири ўақытындағы дене формасының анатологиялық қурылысына оның дене дүзилисине қарай да тексериў керек (Ә.Пахратдинов). 3. Адамға ҳәр қыйлыша исленип кийилетуғын кийим. Капитан гражданлық формада кийинген еди (Ә.Пахратдинов). 4. Арнаўлы графаға бөлинип иеленген қағаз, үлги. Муғаллим оқыўшыларға жаңағы қөрсетилген форма бойынша тапсырманы ислеп келиўди ескертти,... 5. Қандай да бир нәрсениң белгиленген нусқасы. Сызылма формасы. Справка, протокол формасы. 6. Белгили түр, мәлим көринис. Грипптиң жеңил формасы. Ревматизмниң аўыр формасы. ... аллергиялық кеселликлердиң өткир формаларын емлеў ушын тийисли илажларды қолланыў зәрүр (Т.Ещанов). 7. Белгили дәрежели адамлар ушын арнаўлы тигилген хәм басқа белгилери жағынан бир қыйлы кийим. Әскерий форма. Лётчик формасы. Милиция формасы. Ол бүгин жаўынгерлик форманы таслаған, үстине гражданлық кийимлер кийген (Ә.Пахратдинов). 8. Қандай да бир нәрсениң қурылысының яки дүзилисиниң түри, типи. 9. полигр. Баспасөзде қолланылатуғын үлги, қәлип. Баспа формасы. Жазба формасы. 10. тех. Бир затты екинши бир заттың түрине келтириў, үлгисине әкелиў, қәлипке түсириў. Шойын еритиндилерин қуйыў формасы. 11. Қандай болса бир нәрсениң қабыл етилген нормасы, муғдары, түри. Ҳәзир қарақалпақ әдебий тили тил мәдениятының ең жоқарғы формасы сыпатында қолланылмақта (Е.Бердимуратов). 12. лингв. Гәп хәм сөзлердиң өз ара байланыслары хәм де грамматикалық категорияларды сыртқы жағынан түсиндириў усылы, жолы шарасы. Қарақалпақ тилинде күнделикли пикир алысыў практикамызда хәр түрли сөз формалары ушырасады (Е.Бердимуратов). Сөйлеў тили — бул халықтың күнделикли турмыста бир-бири менен туўрыдан-туўры қатнас жасаўынын актив формасы (Е.Бердимуратов). Сыртқы форма — тысқары үлгиси. Өликтиң сыртқы формасы бойынша ҳеш нәрсе ойлап табыўға мүмкиншилик болмады (Ә.Пахратдинов). Басқа форма — бөтен үлги, өзгеше үлги. Халық өмириниң өзгериўи менен шешенлик сөз жарыстырыў кем-кем басқа формаға өткен соң қалып кеткен (Қ.Айымбетов).