⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФРАЗЕОЛОГИЗМ

Қарақалпақша

ат. лингв. 1. Екинши бир тилге сөзбе-сөз аўдарыўға болмайтын турақлы сөз дизбеги, оборот. Гейпара илимпазлар нақыл хам мақалларды фразеологизмнен бөлип қарайды (М.Қәленлеров). Соның менен қатар синонимлик фразеологизмлер белгили системаға түсирилип сөзликте бериледи (М.Қәленлеров). 2. Семантикалық жақтан бөлинбейтуғын болғанлықтан гәпте бир сөз орнына жүретуғын сөз дизбеги, идиома. Сондай-ақ, фразеологизмлердиң өзлериниң лексика-грамматикалық қәсийетлерине қарай отырып, төмендеги топарларға бөлемиз (М.Қәленлеров). Фразеологизмлер семантикалық жақтан бөлинбейди, ал мәниси жағынан ғәптиң пүтин ағзасы болып есапланады (М.Қәленлеров).