⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФРОНТ

Қарақалпақша

ат. әск. 1. Қатара дизилген әскерлердиң яки колоннаның алдындағы тәрепи. 2. Саўаш ҳәрекетлери болып атырған аймақтың, районның алдынғы тәрепи, урыс майданы. Көп кешикпей фронтқа түстик, март айының басы, жер көшип кеткен, батпақ дизден келеди, барарға орын, жатарға жай жоқ (Ө.Айжанов). 3. Саўаш ҳәрекетлери болып атырған аймақтағы барлық қураллы күшлер жыйынтығы. Ерлерге сыйлық торы ат, жолланды бүгин фронтқа (Н.Жапақов). 4. урыс ўақытындағы бир командирдиң басшылығы астында ең үлкен армия топары. Фронт штабы. 5. Урыс болып атырған жер, сол жердеги районның бир бөлеги, айырым бир бөлими. 6. Саўаш ўақытларында басқа да хызметкерлери менен ис көрсетиў. Фронтқа қандай ғайрат, қандай уқып, батырлық керек болса, пахтада да ислеў ушын сол шәртлер болыўы керек (С.Хожаниязов). 7. Урыста жан-тәнин аянбай ислеў. Фронтта да истиң аўырын бежерип неше душпанларды жер менен жексен еткен едик (С.Хожаниязов). 8. Саўашқа ҳәр түрли жәрдем, көмек көрсетиў. Биз фронттан пахта түўе жанымызды аяп отырмыз ба? Өзимиз гүйзелиске түссек те, алдымыздағы асымызды, қолда барымызды бердик (С.Хожаниязов). 9. аўыс. Белгили бир республикада (үлкеде) жумыс ислеў ушын бирлескен жәмийетлик күшлер. 10. аўыс. Саўаш ўақытында көпшиликтиң жәмлескен ҳәрекети. — Саған деп ол мениң бир өзимдики емес — ҳәмменики, мәмлекеттики, фронттики (С.Хожаниязов). 0 Мийнет фронты — аўыс. Урыс ўақытында атызда, заводта, фабрикада ҳәм т.б. орынларда хызмет етиў, жумыс ислеў. Енди мениң орным — мийнет фронты (А.Бекимбетов).