⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХАЛАТ

Қарақалпақша

ат. 1. Әр қыйлы таўардан тигилген жалаң қабат киим. Тек мен бе екен десем, оның өзи де ушырасуға даярланыпты, бағанағы халатын шешип, үстине гүрли бир көйлек киипти, жаздырылып кеткен шашларын тарап қуппийтқан күйдейди, ол суп-сулып болып, аппақ жүзин әбден гөззал етип көрсетип тур (А.Султанов). 2. Үйде, шарўашылық жумыстарына киетин жумыс киими. 3. Медицина, саўда, басқа да қызмет көрсету орынлары қызметкерлериниң ақ кездемеден тигилген арнаўлы жумыс киими. Тутанған көйлегиң өширип ақ халатқа орап алды (А.Оразов). Сатушы дербол халатын киип, затлардың бағалары жазылған жарлықларды тәртиптестирип шықты («ЕҚ» ғ.). 4. Емдеўханада аўрулардың киетин киими.
ат. 1. Аўҳал, хал, жағдай, ўақыт, мезғил. Таңлайы кеўип өлер халатқа келген екен («Мәспатша»). Қыз туўар халатқа жетти, Басқа илаж тапқан емес (Бердақ). 2. Уақыт, мезгил. Бинәй өмиримде қосық шығарып көрген емеспен, бәлким шайырлар қосық шығарар халатта усы мендей «жинли» болып алатуғын шығар, билмедим (Ш.Сейтов).