⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХАРАМ

Қарақалпақша

кел. 1. дин.с. Мусылманшылық бойынша адамның ишип-жеўине хәм пайдаланыўына болмайтуғын мәкириў зат. Мениң жеп отырған наным харам болды (Ж.Аймурзаев). 2. аўыс. Жаман, бузық, қыянет. Ортада отыр көп хаял, Оларда жоқ харам қыял. Патшаның кеўлинде мәлел, Сол отаўға кирген екен (Бердақ). 3. Жыныслық қатнастан кейин жуўынбаған, тазаланбаған, шомылмаған. 0 Қарам нийет — оңбаған, бузық ой, пикир. Аўыр гүна азғын өсек, қарам нийет, Берерме едим оған ақыл болғандай (И.Юсупов). Харам өлиў — баўызланбаў, пышакданбаған. Харам өлип дүзде көниң, Қалатуғын түйе екенсең (Күнхожа). Харам тамақ — мийнет сүймейтуғын, жатып ишер. Ал, сизлер усаған қарам тамақлар рәҳәтин көреди (Ж.Аймурзаев). Харам қан — а) таза емес, пәк емес. Залымдардың зулымы артып, харам қанға етек толып, ... (А.Дабылов). б) аўыс, бузық ой, жаман қыял, пикир. Харам қан бойға таралып (Ә.Шамуратов). Қарам шөп — жабайы көгерген шөп, егинге араласып өскен шөплер. Айлап тур культивация, қарам шөп қоймай пәрқия, Кешленсе де түсленбейди, Пахтаға берип тәрбия (А.Дабылов). Көп жерлерге уркан кеткен, Бир түйир жоқ қарам шөптей (А.Дабылов). Қарам тер — босқа әўереленген, куры далаға кеткен.