⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫЗА

Қарақалпақша

ат. 1. Қорлық, жапа, жәбир, азап. Жәмийла жайдың мүйешине қарап айланды да, денесин қысқан ызаға шыдай алмай жылап жиберди (Ө.Айжанов). Әлле кимнен ыза көргенге усайды (К.Султанов). 2. Ашыў, кек. Мүширипке деген ыза шогы тағы тутанып, тағы жалын болып, тағы өртей баслады (К.Султанов). Ҳаялдын сөзи Әжинияздың арына тийип, ызасын қоздырды (К.Султанов). <> Ыза жеў — ызасы келиў, қорлығы келиў. — Соннан берли бир хабар ала алмай жүргениме ыза жеймен, жолдаслар деди (А.Дабылов). Ыза-қайғы — қорлық, азап. Кыйыншылыкка мунаймаған, ыза-қайғыға қайыспаған батыр туқымының мәртлигинен бе я тәбият айрықша соқты ма, «жүдеп болдырған шығар!» деп, барған адамлар Ерназардың турқын ҳәм ажарын көрип бир-бирине қарасты (К.Султанов). Ызайы муқмин — мүсәпир, жетим-жесирдиң ызасы. — Йоқ «ызайы муҳмин харам» — деп Есберген орнынан турды (К.Султанов). Ыза қылыў — капатаныў, қыйналыў.