⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫЗҒАРЛЫ

Қарақалпақша

кел. Ығаллы, ҳөлли, ләмли. Өйткени ондағы ызғырық жел, ызғарлы хаўа райы бизиң жерде де жийи-жийи болып турады ғой, көнип кетти (Ө.Айжанов). аўыс. Ызғарлы — ашыўлы, кекли. Кәтқудалар менен жасаўыллардың тум-тустан қараған ызғарлы көзлери Қосыбайдың ғә гәўдесине, гә бет алдына найзадай шаншылып тур (К.Султанов). — Пийрим келе берсин деп отырман, — дедим күлип. Бул гәп оған сәл ызғарлы түйилди (М.Нызанов). <> Ызғарлы күлки — ашыўлы, кекли күлки. Өтемураттың көзине ызғарлы күлки куйылып келди (К.Султанов). —Қаққыңнан! — деп ызғарлы күлди Гүлшира (М.Нызанов).