⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫҢҚЫЛДАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Гүрсилдеў, ыңырсыў. Бул жерде ыңқылдап атырған кесел жоқ (М.Нызанов). 2. аўыс. Болдырыў, шаршаў. Қараңғы түнде ыңқылдап аўыл шетиндеги әулиеден Шүкиржанның үйине зорға әкелдик (А.Бекимбетов). Ерназар арысландай қол-аяғын салмақ пенен басып, қурды үш мәртебе айланды да, хан алдына келип, алыс сапардан болдырып келген нардай ыңқылдап, әусиретли демин алды (Қ.Султанов). ЫҢҚЫЛДЫ ат. Ыңқылдаған сес, даўыс. Соның арасында емески ыңқылды тағы еситилди (Т.Қайыпбергенов).