⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒАМХОРШЫ

Қарақалпақша

ат. 1. Ғамхорлық етуши, әменгершилик етуши, биреўдиң ғамын ойлаўшы, жақсылық етуши, мийирмандық етуши, жақтаўшы, сүйеўши. Палўан қашан да болмасын усындай бир ғамхоршыны табаман деп исенетуғын еди (Ө.Айжанов). 2. Сүйеўши, қоллаўшы пир. дин. Түсиник бойынша малдың ғамхоршы иеси боладымыс деген дини пикирлер өмир сүрип келген. Маллардың (хайўанлардың) ғамхоршылары, иелери (пирлери) — Жанлық пири — Шопан-Ата, Малдың пири — Зәңги-баба, Жылқы пири — Жылқышы-Ата, Түйениң пири — Ойсыл-Қара деген инаным бар (Күнхожа). 3. юр. Жақтаўшы, қорғаўшы адам — адвокат. Иниси иркиўге алынудан-ақ оны қутқармақшы болып ғамхоршы жаллады (А.Әлиев).