⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАСҚЫР

Қарақалпақша

ат. 1. Ийтлер семьясына киретуғын жабайы, жыртқыш ҳайўанлардың бир түри, бөри. Қыянатшының көзи қыйыққа, Зыяратшының көзи шыйыққа, Қасқырдың сырын билмедим, Жолбарыстың күши ыйықта (ққ.х.н.м.). Арқалы ийт қасқыр алар (ққ.х.н.м.). Бөри — қасқырдың ағасы (ққ.х.н.м.). Үйирли қойдан қасқыр да қорқар (ққ.х.н.м.). Қоян көрген қыйқыў салар, Қасқыр көрген естен қалар (ққ.х.н.м.). 2. аўыс. Жалмаўыз, жаўыз, тәжжал. Келе салып бес қасқыр, Еркин жүрип шолыпты («Қырқ қыз»).