⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАҒАЗ

Қарақалпақша

ат. 1. Ағаш, пахта, шүберек ҳәм тағы басқалардың массасынан жасалған жазыўға арналған зат. Ережеп пахта териўди сораған жигитлердиң дизимин қағаз бетине толтырып жаза баслады (Т.Нәжимов). Белиндеги белбеўин шешип, еки-үш қабат шапанының арасынан жапырақтай қағазды алып Қосыбайға усынды (К.Султанов). 2. аўыс. Хат. Оқып көрип қағазын, ярдан жыллы сөз таўып мурат-мақсети питти («Мәспатша»). 3. аўыс. Ҳүжжет. Оның китап салатуғын санлығы усы қобдыйша, жасырын-купыя қағазлары да усында болады (К.Султанов). 0 Қара қағаз — а) жаўынгердиң қазаланыўы жөнинде жиберилген хабар, буны халық қара қағаз дейди. Қара қағаз келсе бир мәрттиң оқтан ушып қаза болғаны (К.Султанов). б) тексттиң көширмесин көбейтиў ушын ақ қағаздың қара түри. Қағаз ақша — қағаздан иеленген ақша. Қағаз жүзинде — қағаз жүзине жазып түсириў. Қатнас қағаз — мәкемелердиң бир-бирине жазатуғын арнаўлы рәсмий хүжжети. Қағаз басты — қағаз бенен исленетуғын жумыслардың көплиги. Қағаз бетине түсириў — қағазға жазыў, көшириў.