ҚАҒЫҚ
Қарақалпақша
Ф. 1. Есикти, терезени, столды хәм т.б.
затларды тарсылдатыў, урыў, дүнкилдетиў.
Сырттан қапыны қаққан даўыс еситилди.
2. Бир затқа жуққан шаңды, тозаңды силкиў.
Батыр қызлар бапланып, Кийимниң шаңын қағады («Қырқ қыз»).
3. Шеге, мыйық, казық, қада қусаған затты дийўалға, жерге ямаса екинши бир затқа урып киргизиў.
Бедеўге қаққайсаң полаттан таға, Саўытқа тутқайсаң алтыннан жаға («Алпамыс»).
0 Қас керип қағыў — қас ишараты менен белги бериў.
Балықшы қыз бир күлди, Қасын керип қақты да (Т.Сейтжанов).
Ийек қағыў — а) жан тапсырыў алдында қыйланыў, азапланыў.
Хош болыңыз, балам деп, Зорға ийек қағады (Жийен жыраў).
б) ийек пенен белги бериў, ишарат етиў.
Тис қаққан — есейген, көпти көрген.
Қыз бенен салыстырғанда, Айтмурат әдеўир тис қаққан жигит еди.
Қағып салыў — асты бирден ишип болыў, тез ишиў, жеў.
Алдына қойған палаўды ҳә дегенинше қағып салды.