⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚУЙЫСҚАН

Қарақалпақша

ат. Ер-тоқымды алға жибермеқ ушын ат қуйрығының төменги жағына, артына байланған жип, қайыс. Бедеў атқа ақ баслы ер салғанман, Қуйысқанды беккем етип шалғанман («Қырқ қыз»), аўыс. 0 Қуйысқаны босақ — мәниси қашық, босасық. Бурын үлкен дақға түспеген, жалған менен иси жоқ, ақ кеўил Қосыбайдың қуйысқаны босап кетти (К.Султанов).