ҚУМАЛАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Қой-ешкиниң, қоянның, түйениң хәм усы сыяқлылардың дәрети, тезеги.
Қорадағы қой-ешкиниң қумалағын тазалаў иси басланды.
2. аўыс.гөн.с. Қумалақ пенен пал ашыў, дусмалдан жорыўдың бир түри.
Балық көп түскей деп, Қумалақтан пал аштық.
0 Қумалақ салыў — қумалақ пенен пал ашыў.
Бир қумалақ бир қарын майды ширитиў — бирдиң зәлели көпке тәсир етиўи.
Бир қарын сары майды бир қумалақ шириткендей болды да турды (Ж.Аймурзаев).