⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚУМАР II

Қарақалпақша

кел. Ҳәўес, инта, интизар, ынтық. ... ол машинаға миниўге күтә қумар қусайды (А.Бекимбетов). Көз қумарға тоймайды, Көңил дийдарға тоймайды, Заманлас пенен отырсаң, Ҳәргиз мийриң қанбайды (Айтыстан үзиндилер). 0 Қумар болыў — интизар болыў. Ҳәмме тапқышты көриўге қумар болады (кқ.х.е.). Қумары тарқаў — мийири қаныў, рәҳәтлениў. Ал қумары тарқап болғаннан кейин, Таныс жолаўшыға усар ешейин (И.Юсупов). Қумардан шығыў — рәҳәтлениў, көңлиндегиге ерисиў, шерин тарқатыў. Бирақ, аўылдың халқы Үмбеталыға: — Сиз сол бала менен айтысып көриң, дәсме-дәс, шешенликтен қумардан шығасыз. Келисим менен айтыспаса, сөз бенен илип сөйлең, оннан соң ол да айтысты даўам етип жибереди. Ақыл сөзге қулағымыздың қуршы қансын, — деп қоймаған. (Тилеўбергеннин қазақ ақыны Үмбеталы менен айтысы).