ӘЎЕЛ
Қарақалпақша
р. Ерте, бурын, дәслеп, әдеп, ең әдеп, биринши.
Кебиў тахта әўели пысқып тутанды да, соңын ала шарпып жанды (К.Султанов).
Аяғының ушынан басып, апыл-тапыл жүреги баладай жорғалап әўели жайдың есигине, оннан соң терезе тусына барды (К.Султанов).
Атаўға әўел сыралғы сораўшылар келсе, соңынан қус, балық сатып алыўшы карыйдарлар жаў болды (К.Султанов).
Темир кисен менен темир шидер әўели аттың аяғын жаралайтуғын болса, екиншиден өзин қустай еркин сезетуғын шапқыр аттың хәрекетин шеклеп, нәзерин қайтарады, деп есаплады (К.Каримов).
Атты әкелемиз бе әўел арбаға, яки алды менен арбаны атқа? ... (И.Юсупов).
Әўелинде мақтап атқа мингизип, Аттан түсеринде инфаркт қылады (И.Юсупов).
Инсанға тилеңиз әўел денсаўлық, Дүньяның тәшўиши инсанға бағлық (Әжинияз).
Әўел берермен деп, соңыра бермеғен, Мийнеткешке қақы төлеп көрмеген (Бердақ).