⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘЎЕРЕ

Қарақалпақша

р. Масқара, сарсаң-кесек, қолайсыз, жаман, бийжағдай, тынышсыз, ҳәлек. Ҳалын келмесе, я айнысаң, мени әўере етпе! (К.Султанов). Кеше кешқурын баспана ислей алмағанлар сексеўилден дәрҳал баспана ислеўге кириссе, кимдур шақмақ тасты алып, курғақ шөп жыйнап, оның астына кумда өскен шөплердиң үпилдиригин қойып, шақмақ тасты бир-бирине урып от тутандырыў менен әўере, кеше кеште от жағып үлгергенлер ихтиятлылық пенен күлдиң астына көмип қойған қозды излестирмекте (К.Каримов). Басы себеттей болған менен ақылдың кемислиги ме, я индеги күшиклердиң ийисин алып, өзлерин ныпқырт етсем деген өшпенлилик пе, қулласы ийеси Қайырдың ҳәмирине бойсынбаған Бөрибасар еле қасқыр ининин аўзында гә жер тырнап, гә ырылдап әўере болып атыр (К.Каримов). Аман қалған қатын-қалаш бир жерғе жыйылып алып дад салып жылар, бирли-ярым карт адамлар оларды жубата алмай әўере болмакта (К.Каримов). Алалмадым тартқан сыйын, Кимди әўере еттиң дәўран (Бердақ). Ол жаңағы гәплерден кейин Шазаданы баяғы шоқтығына алып келе алмай әўере еди (М.Нызанов). Қыйсықлар да болып тәбиз, Әўере болған күнлерим (Бердақ). Апаңа айтып қой, мурындық ата излеп әўере болмасын. Өзим боламан (М.Нызанов). Оны айтып төғип жүрме намыс-ар, Оны излеп хасла әўере болма («Қырқ қыз»).