⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘТКӨНШЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Арқанды еки жаққа тарттырып, оның орта белине гезлеме материал салынып, еки жағынан ағаш керилип, ортасына (ишине) балаларды жатқарыўға қолайластырып иеленген буйым. Ол баланы әткеншектен алып, ҳәўлетип қол ушына көтерди (М.Нызанов). Анам саған байлап мениң әткөншегимди, Тербеткенде ырғалғансаң ҳайялап сен де (И.Юсупов). Ҳәйкел, өңирмоншағы ■уўдырлаған қызлар шашбаўлары сыңғырлаған жеңгелерине қосылып, әткөншекке киятыр (К.Султанов). 2. Үлкен, бийик ағашларға ямаса төрт ағашты еки-екиден жерге көмип басын айқастырып, жоқарғы бетине кесесине ағаш таслап, оған арқан тағылып, қыз-жигитлердиң, адамлардың тебиўи (ушыўы) ушын қурылған зат. Айтта, тойда, әткеншекте, Жигитлер сүйкенсе саған, Ашыўланбай, күлип тек те, Қарап қояр едиң маған (И.Юсупов). Алпамыс уйқыдан турған, теректиң саясындағы әткөншекте жән-жаққа жаўтанлап қарап жатырған екен (М.Нызанов). Төрт ҳәдңине қаланың, Әткөншекти қурғызды («Қырқ қыз»). 3. Жас нәресте ушын темир ямаса ағаштан иеленген тербетиў, шайқаў қуралы.