ӨГЕЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Алдынғы күйеў ямаса ҳаялдан болған перзентлер ҳәзирги күйеў ямаса ҳаялға ҳәм де олардың туўысқанларына, сондай-ақ, ҳәзирги күйеў ямаса ҳаял ҳәм олардың туўысқанлары алдынғы күйеў ямаса хаялдан болған балаларға қарата қолланылатуғын сөз.
Өгей әке минези қатал тәбият, Шопанды шөл қойнында шынықтырған (И.Юсупов).
Ата-анаңнан жаслай қарғыс алдың ба? Өгей шешең саған дөҳмет салды ма? (И.Юсупов).
2. Бир анадан туўылмаған ямаса бир әкеден болмаған, әкеси ямаса анасы басқа, туўысқан емес перзентлер (бир-бирине қарата).
Өгей әжапа, өгей аға, өгей сиңли.
3. Ерип келген, ершең.
Мени үйине алып келген адам, Жумагүлдиң өгей баласы Алланияз деген екен (Ж.Аймурзаев).
4. Асыранды, жат.
Өгей тәртип — аўыс. Жат, бөтен, турпайы.
Ол жерлерге таўларға да, Орнатылған өгей тәртип (И.Юсупов).