ӨКШЕ
Қарақалпақша
ат. 1. Аяқтың, табанның артқы жерге тийетуғын бөлеги.
Қудайназар өкшеси қырқ жарық болып киси есигинде ислеген мийнет қақысына бир ешки алады (Қ.Айымбетов).
Сәрсенбайдың бурын өкшелери қап-қара, тирсеклери кир-кир болып жүретуғын еди (Т.Қайыпбергенов).
Өкшесин музға тиреп, зилдей шананы тартып, жуўырып жортып, ҳалықлап ентигиўи менен муздың жарылған шегарасына келди (К.Султанов).
Бершимек болып қатқан өкшелерин қызыққа, өткир пышақ пенен кессе қан шықпағанын көрдик (Ө.Өтеўлиев).
2. Аяқ кийим иниң ултанының артқы жағына бийик етип қағылатуғын бөлими.
Геўишинин өкшесин басып шубатылған көйлегиниң етегин есип жүрип киятыр (К.Султанов).
Неше туфли етиктиң өкшеси, Топырақты ойып шықты таңбалап (Т.Сейтжанов).
Бийик өкше — өкшеси бийик аяқ кийим.
Мейли тырнакларды бояң қыналап, Бийик өкше кийиң нәлин сыналап (И.Юсупов).
0 Өкше көтериў — кетиў, түргелиў, кетип қалыў, жүрип кетиў.
Ол байдикинен пүткиллей өкше көтерген болса да бай оннан үмитин үзбеди (ққ.х.е.).
Ҳей, оңбаған инсапсыз, көтер өкшеңди (Ө.Хожаниязов).
Сол-сол екен, амандықта бул жерден өкшемди көтерейин деп, бир ҳәптенин ишинде басқа квартираға көшип кеттим (М.Нызанов).
Бир өкшеден айланыў — 1. Бир аяғының өкшесинде турып айланыў — Рахмет, Даўлетбийке апа! Ҳәзир бараман! — деди де ол трубканы жаўып, «Эҳ-ҳ!» деп балериналардай бир өкшеде айланды — зам министр шаштынан түсипти! (М.Нызанов).
2. Тынбай хызмет ислеў.
Қарсы алдымда бир өкшеден айланып, оң қолынан түрли тағам бермейди («Қырқ қыз»).
Өкшеси илиў — аўыс. бир иске, мақсетке ерисиў.
Өкшеси илер жер таппай қармалаған Қосыбай қыздың қунын даўласып еди, жасаўыл басы Мухаммед Нәзир сөйледи (К.Султанов).
Өкшеси тайыў — бир ҳәдийсеге ушыраў, уәдени бузыў.
Ҳәр кимниң тайса өкшеси, мына жеген алмаңыз, антың болған алпыс бий, деп ғарғасын халайық (Бердақ).
Өкшесин басыў — а) кейнин ала, изинше.
Нурымбеттиң өкшесин басып Палўан да кеңсеге келди (Ө.Айжанов).
б) бир еки жас кишилеў, азырақ жасы кемлеў, жетеғаба.
Өкшеси қанамаў — бала туўмаў.
Әттең, өкшеси қанамаған, болмаса адамның ҳасылы десем қәтелеспеймен (Ө.Хожаниязов).
Өкше шығарыў — каналдың, жаптың, салманың, ишин қазғанда, улыўма қазыў жумысында ҳәр бир адамның бөлигине, шегине тийисли жерин қазғанда белғили бир қәлипте келтирип қазыўы, бир тегис етип шығарыўы.