ӨР I
Қарақалпақша
ат. Ҳәрекеттин басланған тәрепи, суў яки самалдың келип турған бағыты, басы, сағасы.
Кеме минип өрге барсаң, Жан қыйнамай ерге барсаң (С.Мәжитов).
Өткел өриректе болыўы керек (Т.Қайыпбергенов).
Шығып желдиң әрине, Дизден төсек салдырып, Жатыр еди Аллаяр («Қырқ қыз»).
Өрде турсаң ығыңнан жел еспеген, Өттиң талай телпек дирилдеспеден (И.Юсупов).
Қызыл суў теңизге гүўлеп жеткенде, Дәрьяның көп узақ әрине барьш (И.Юсупов).
Ийеси ыққа қарап бүрсеңдесе, Ол өзи өрге қарап сәўирлеген (И.Юсупов).
Сондай болып ығып баратырғанымыз жоқ па екен? — деп жанма-жан аўды суўырып алды да, шананы сүйретип самалдың әрине қарай жуўырды (К.Султанов).
Бәйитхан да жолдың әрине тығылып тур (А.Садықов).
0 Өрден-ыққа секириў — тум-тусқа, анда-мунда, ҳәр жаққа.
Төребай аяғына қоз басылғандай өрден-ыққа секирди (К.Султанов).
Өрден-ыққа аўнаў — жән-жаққа домалаў.
Ызғар жерде узақ түн, Аўнасып өрден-ыққа, Аш болдық деп бес жетим, Телмиреди ошаққа (И.Юсупов).
Өрге тартыў — өрге қарай жетелеў, сүйреў.
Жылтыр музда таймай шаўып, Ел шанасын тартар өрге (С.Мәжитов).