⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨРИС

Қарақалпақша

ат. 1. Жайлаў, отлақ жер. Ферма маллары өристен қайтып келе баслады (Ж.Сейтназаров). Колхоз аўылынын арасын өристен қайтқан маллар тозаңғытып, шаңын аспанға шығарды (Т.Қайыпбергенов). Туран ойпат, төрт тәрепи Түркистан, Өрисинде алты түлик малы бар (Ә.Әжиниязов). Өристе жүрген дэўге бул әтирапта жылқының үйири жоқ (К.Султанов). 2. Мүмкиншилик, жағдай, барыс-келис. Ал, баяғы қамыс қос үйлердиң кем-кем өриси тарылды (К.Султанов). Өмиринше өрисиң тар, Бир әмел етип қалмасаң (А.Дабылов). 3. Билим, сана, сана-сезим, ой-өрис. Жаўынгер жигит анасының ой-өрисиниң өзғергенлигин иш тен тынып билип тур (К.Султанов). 4. Этникалық жәмлеўши атама. Төрт өрис. (фольклор). Өрис улы — диний әскерий қатлам.