⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨТИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бул жерден газ трубалары өткен. 3. Артта калыў, алмасыў (ўақыт хаққында). Жыл артынан жыл өтип, билим куўып мен кеттим (И. Юсупов). Қорғалып канатын жайып пәрмана болыў менен алты ай өтти арадан (А. Дабылов). Көп жыл өтти арадан («Жәҳәнша»). 4. Кириў, сыйыў, өзгериў. Мениңше, биржумыстан соң бирэўине өтиў керек (Т. Қайыпбергенов). Нөкисиңниң модасына, Өте алмадық еле, дедиң (Ө. Әжиниязов). 5. Кесиў, қыйыў, тилиў. Пышақ өтпей атыр. 6. Батыў, қыйналыў. Қатты өтип жүр жаныма, Келген ўақытқа кәмалыма, Боларма деп гүл-гүлистан (А. Дабылов). Қорлығы өтти өзиме, Жаслар толтырды көзиме, Қалғанлар қарап сөзиме, Буныдағы умытпаспан (Күнхожа). 7. Кешириў, кешиў. Өт гүнамды мениң бергил қақымды, Бағлама айралық етип бағымды (Омар). 8. Өмир сүрип болыў, өмири тамам болыў, өлиў. Өтти өмирим сум дүньяда азапта, Сапар айсыз шыққанымнан не пайда (Омар). Көкирек қыспа көк жөтел, Дуўрылап келип сум әжел, Өтти пақыр дүньядан (А. Дабылов). 1914-жылы әкеси әлемнен өткеннен кейин ол әкесиниң орнына ийшан болады (Ш. Бабашев). Өткен өмирим кирпик қаққан шелли болмады (Ө. Өтеўлиев). 9. Асыў, артыў, артық болыў. Аты-ҳаўазасы пәлектен өткен, малы-дүньясына ҳеш сөзим йокдур (ққ.х.н.). 10. Заттың сатып алыныўы, сатылыўы. Базарға әкелген заты демде өтип кетти. 11. Тәсир етиў, тәсири жүзеге келиў. Сөз сүйектен, таяқ еттен өтер (ққ.х.н.). Жанға өтти мылтық пенен атқандай (Т. Жумамуратов). 12. Биреў ямаса бир нәрседе болған зат, қәсийет, белги ҳәм усы сыякдылар басқасына көшиў, онда да пайда болыў. Бул сөз бизге рус тилинен өткен. Оның жүрегиниң дүрсили нәзик тамырлары арқалы мениң денеме өтип, еситилип турғандай еди (М. Нызанов). 13. Билимлендириўде қандай да бир тема, шығарма ҳәм усы сыякдыларды окыў, үйрениў, тыңдаў әмелиятын өткизиў; оқыў, үйрениў, оқытыў, үйретиў. Таза теманы өтиў. 0 Иши өтиў — иши аўырыў, суйық дәрет шығарыў, зыррыкдаў. Гүлпарша жеңгей баласының бетин аша берип: — баламның иши өтеди, аралас қан да өтеди деди (Ә. Шамуратов). Нәзери өтиў — көзи өтиў, сусы басыў. Нәзери өтпэў — көзи өтпеў. Аяз өтиў — суўыққа тоныў, аязлаў. Алдынан өтиў — 1) руқсат сораў; 2) ақылласыў, кеңесиў; 3) этн. Қуда болыўға келисиў, қыздың ата-анасының разылығын алыў. Атап өтиў — тоқтап кетиў, атап көрсетиў, айрықша дыққат аўдарыў. Президент ҳәзирги ўақыттағы ең машқалалы тараў қайсы екенлигин атап өтти (газетадан). Дүньядан өтиў — өлиў, қайтыс болыў, әлемнен өтиў, жан тапсырыў. «Кепин кийген келмейди, кебенек кийген келеди» деген үмит пенен азаматын 50 жыл күтип дүньядан өтти (Г. Дәўлетова). Әрманда өтиў — тилек, мақсетине жете алмай кетиў. Запырандек солды жүзим, Өтти әрманда өмирим (Бердақ). Бастан өтиў — бастан кешириў, өткериў. Сәрҳаўыз бойында көгерген төрт тут, Бастан өтти талай ашлық, талай жут (Б. Қайыпназаров). Кәдири өтиў — әбден сағындырыў, орны бөлек болып, жокдығы билинип турыў. Өмир өтти жүректеги шер билән, Қәдириң сениң бизге өтти, Бозатаў (Әжинияз). Сөзи өтиў — көндире алыў, тындатыў, айтқанын қылдыра алыў. Баслыққа сениң сөзиң өтеди ғо, хәммемиздиң атымыздан өтиниш етип көрсе (газетадан). Өткен-кеткенди айтыў — болып өткен ўакыяларды айтып бериў. Жер гүңирентип Еримбетте, Айтар өткен-кеткенди (Ә. Шамуратов). Өткен-кеткенге қараў — өткенлерге, келгенлерге көз салыў, қараў. Өткен-кеткен жигитлерге қарайық, жақсыларын сайлап-сайлап алайық (ққ.х.қ.). Өткен-кеткеннен сораў — келгенлерден, кеткенлерден сорастырыў. Тәрийпинди сөрап өткен-кеткеннен, Сени бир көриўди әрман еткенмен (И. Юсупов). Дөрья арқасына өтиў — дәрьяның арқа жағына, арқа, тәрепине өтиў. Үйден шықлық шаҳри Хийўа бармаға, Қоңырат әтирапына бардық, яранлар. Бирге жүрей дейип ўәде етисип, дөрья арқасына өттик яранлар (Әжинияз). Дәрьядан өтиў — дәрьяның бир тәрепинен екинши тәрепине өтиў. Дәрьядан өткеннен кейин пиядалардың изи және жоғалды (Т. Қайыпбергенов). Имтиханнан өтиў — оқыўшы хәм студентлердиң белгили бир пән бойынша сынақтан өтиўи.